Өзбекстан Балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў миллий стратегиясын қабыллады

    Өзбекстан 2025-2030-жылларға мөлшерленген Балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў миллий стратегиясын қабыл етти, деп хабар бермекте Денсаўлықты сақлаў министрлиги.

    Миллий стратегия Балалар раги бойынша глобал баслама (GICC), Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, ЮНИСЕФ, Вена халықаралық медицина университети ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң жәрдеминде ислеп шығылған.

    Министрликке бола, бул балалар рак кеселлигине қарсы гүресиўде жаңа басқышты баслап береди, диагноз қойыў ҳәм емлеўде мултидиссиплинар қатнасты тәмийинлеў арқалы педиатрия жәрдемин көрсетиў системасын жетилистиреди.

    Миллий стратегия, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаўға жол ашады, кадрлар ҳәм инфраструктура потенциалын беккемлейди, балаларға барлық дәрежелерде жоқары сапалы медициналық жәрдем көрсетиўге бирден-бир қатнасты қәлиплестиреди, делинеди хабарда.

    "Балалар рак кеселлиги енди шаңарақлар жалғыз өзи гүресип атырған машқала емес, бул миллий әҳмийетке айланды. Стратегия 2030-жылға барып өмир сүриў дәрежесин кеминде 60 процентке жеткериў ҳәм өлимшилик көрсеткишин 2,5 есеге азайтыў бойынша миннетлемемизге сәйкес келеди, бул болса дүньядағы алдынғы тәжирийбени сәўлелендиреди," - деди Өзбекстан денсаўлықты сақлаў министри Асилбек Худоёров.

    15-май күни министрликлер ҳәм уйымлар, Ата-аналар аўқамы, халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы офиси, ЖДСШ, ЮНИСЕФ, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, БМШтың Халықаралық қоры, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми, БМШтың Жойбарларға хызмет көрсетиў басқармасы, жәмийетлик бирлеспелердиң жетекши ўәкиллери ҳәм тараў қәнигелери стратегияны әмелге асырыў жолларын додалады.

    Сөйлесиўде ерте диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң заманагөй бағдарламаларын енгизиў зәрүрлиги, медицина мәкемелериниң инфраструктурасын жетилистириў, маман кадрлар таярлаў, онкологиялық хызметлерди санластырыў арқалы медициналық жәрдем көрсетиў, кең көлемли мониторинг системалары, сондай-ақ, руўхый-социаллық ҳәм шаңарақлық қоллап-қуўатлаў жоллары ҳаққында сөз болды.

    "Балалар раги бойынша миллий стратегияны - анық мақсетлер, анық илажлар ҳәм мүмкиншилиги болғанынша көбирек балалардың өмирин сақлап қалыў ушын зәрүр ресурсларды өз ишине алған ҳүжжетти ислеп шығыў Өзбекстан ушын әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул стратегия мәмлекетте топланған ҳақыйқый мағлыўматлар тийкарында рак кеселлигине шалынған балаларға сапалы жәрдем көрсетиў имканиятын кеңейтиўге жәрдем береди," - деди ЖДСШның Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы доктор Ашина Халакдина.

    Өзбекстан ЖДСШның балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша Глобал басламасына қосылды ҳәм рак кеселлигине шалынған балаларды дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў бойынша Глобал платформаның қатнасыўшысына айланды. Соның нәтийжесинде бүгин республикамыз бойынша 16 медицина мәкемесинде балалар қәўипсиз, нәтийжели ҳәм бийпул дәри-дәрмақларды алмақта.

    ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Рехина Мария Кастижионың сөзлерине бола, балалар раги бойынша көп тармақлы стратегия әҳмийетли болып, кеселликке қарсы гүресиўде раўажланыўды жеделлестириў ҳәм барлық әҳмийетли структураларды бирлестириў ушын үлкен имканият жаратады.

    "Бундай жәмәәтлик қатнасық әҳмийетли, себеби балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў тек ғана өмирлерин сақлап қалмай, ал шаңарақлар ҳәм денсаўлықты сақлаў системасына узақ мүддетли экономикалық жүкти де азайтады," - деди ол.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates