Өзбекстан елшиси Люксембург Герцогине исеним жарлықларын тапсырды

    Усы жылдың 7-январь күни Өзбекстан елшиси Ғайрат Фозилов (резиденциясы Брюссел қаласында) Мийрасхор Уллы Герцоги Гиём (Вилгелм) ға исеним жарлықларын тапсырды.

    "Дунё" ХАның хабар бериўинше, мәресим шеңберинде болып өткен сәўбетте Мийрасхор Уллы Герцог Өзбекстан менен қатнасықларды раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди. Сөйлесиў ўақтында, сондай-ақ, еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.

    Сөйлесиў соңында Люксембург Уллы Герцоги Өзбекстан елшисин жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлап, оның еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған жумысын қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

    Ғайрат Фозилов Өзбекстанның Белгиядағы, сондай-ақ, орынбасарлық тийкарында Нидерландия ҳәм Люксембургтағы (резиденциясы Брюссел қаласында) елшиси, Европа Аўқамы ҳәм НАТО жанындағы ўәкилханаларының басшысы болып есапланады. 2023-жыл 5-декабрьде дипломатиялық миссиясын орынлаў ушын Брюсселге жетип келген. Белгияга тайынланыўынан алдын ол сыртқы ислер министриниң орынбасары лаўазымында ислеген.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates