баннер
13 Mar 2025
21:33

    Өзбекстан-Франция парламентлераралық форумы шөлкемлестириледи

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-март күни Париж қаласындағы Бурбон сарайында Франция Миллий мәжилисиниң Баслығы Яэль Браун-Пиве менен ушырасыў өткерди.

    Еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық алмасыўды және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Бул сапардың тарийхый әҳмийети, Өзбекстан ҳәм Франция арасында стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Франция парламенти төменги палатасының басшысы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислерди, ўәкиллик уйымларының роли, ҳаял-қызлар, балалар, жаслар ҳәм майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары және экологиялық қәўипсизлик кепилликлериниң күшейгенин жоқары баҳалады.

    Өзбекстан-Франция парламентлераралық форумын шөлкемлестириў ҳәм "жол картасы" тийкарында дослық топарларының жумысын қайта тиклеў мәселелери додаланды.

    Өзбекстан жетекшиси Миллий мәжилис Баслығын усы жыл апрель айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында қатнасыў ушын мәмлекетимизге мирәт етти.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Ҳүрметли мийманлар китабында пикир жазып қалдырды.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech