баннер
21 Mar 2025
20:32

    Өзбекстан аймақлары Америка штатлары менен шериклик байланысларын жолға қойыўы мүмкин

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-март күни Америка Қурама Штатлары Конгресси ағзасы, Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша парламент кокуси қатнасыўшысы Кэрол Миллер басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Ушырасыў алдынан парламент ағзасы мәмлекетимиз басшысына АҚШ Президенти, Конгресс басшылығы ҳәм Өзбекстан бойынша кокус ағзаларының сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Еки тәреплеме бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Белсене сиясий сөйлесиўлер ҳәм уйымлараралық алмасыўлар даўам етпекте. Кейинги жылларда товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми бир неше есеге артты, бизнес кооперациясы күшеймекте.

    Ташкент қаласында Вебстер университети ҳәм Америка технология университети жумыс алып бармақта.

    Буннан тысқары, транспорт, бажыхана, миграция, мәденият ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў әмелге асырылмақта.

    Кэрол Миллер Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар стратегиясы, соның ишинде, экономиканы модернизациялаў, демократиялық институтларды, бәринен бурын, парламентти беккемлеў, гендер теңликти тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.

    Экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды, соның ишинде, таў-кән, санаат, энергетика, аўыл хожалығы тараўларындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў мақсетинде парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

    Өзбекстан аймақларының Америка штатлары менен шериклик байланысларын жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер ҳәм Аўғанстандағы жағдай бойынша да пикир алысылды.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech