"Өзбекстанда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жедел пәтлерде даўам етпекте. Бул жерде арнаўлы мәлимлеме-таллаў орайы бар. Бул орайдың қәнигелери бүгин бизге есабат берди. Биз еки тәреплеме келисимге еристик. Хызметкерлеримиз март айында Өзбекстанға барып, олардың алып барып атырған жумыслары менен жақынырақ танысады", - деп жазған "Казинформ" халықаралық мәлимлеме агентлиги Қазақстан суў ресурслары ҳәм ирригация министри Нуржан Нуржигитовтың пикирлеринен келтирип.
Агентликтиң мағлыўматына бола, Өзбекстан, сондай-ақ, каналларды бетонлаў арқалы суўдың жумсалыўын 15 процентке шекем азайтты.
"Қазақстанда да ири жойбарлар әмелге асырылған. Соның менен бирге, тәреплер усы жылы Сырдәрья бойлап автоматластырылған суў есаплағышларды орнатыў жумысларын жуўмақлаўды режелестирмекте", - деп жуўмақланған "Казинформ" хабары.