Бул ҳаққында Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты баспасөз хызмети хабар берди.
Бул қандай технология?
Алдынлары, молибден өнимин аммиаклы суў ҳәм кислоталар менен жуўыў арқалы ислеп шығарыўда аммиак пуўлары ҳаўаға тарқалыўы бақланған. Бул болса экологиялық қәўип туўдырар еди. Жаңа технологияның нәтийжесинде болса, завод қәнигелери жаңа, үш басқышлы содалы еритпе тийкарында ислейтуғын технологияны енгизди. Енди молибден шийки заты сода еритпеси менен ракцияға кириседи, барлық процесслер жабық системада әмелге асырылады.
Бул қандай абзаллықларды береди?
1. Аммиаклы суўдың сарпланыўы 4,4 есеге азайды. Алдынғы усыл менен салыстырғанда, жаңа технология аммиаклы суўдың жумсалыўын кескин азайтыў имканиятын берди. Бул болса ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қәрежетлерди азайтыўға хызмет етеди.
2. Жабық технологиялық цикл себепли аммиак пуўларының ҳаўаға тарқалыўы толық сапластырылды. Бул ҳәзирги ўақытта экологиялық қәўиплердиң алдын алыўда үлкен жетискенлик болып есапланады.
3. Шығындылар муғдары кескин азайды. 2022-жылдың биринши ярымында атмосфераға шығарылған зыянлы элементлер муғдары 0,9 тоннаны қурады, рухсат етилген норма болса 3,9 тонна еди. Бул шығындылардың төрт есеге азайғанын көрсетеди.
4. Барлық процеслер қәўипсиз ҳәм экологиялық таза орталықта өтеди. Жабық технологиялық процесс тек ғана шығындыларды азайтып қоймастан, ал өндирис орталығын инсан саламатлығы ушын қәўипсиз ҳалға келтиреди.
5. Ҳаўаны тазалаў системасы 95% нәтийжелиликке ийе. Гидрометаллургия цехы бирден-бир аспирция системасына жалғанған болып, бул система ҳаўадағы зыянлы элементлерди 95% нәтийжелилик пенен тазалайды.
Бул технологияны енгизиў арқалы ТМК тек ғана өндирис нәтийжелилигин арттырып қоймастан, ал экологиялық турақлылық ҳәм ресурс үнемлеў бағдарларында да алдынғы шешимлерди әмелиятқа енгизди. Бул тәжирийбе тек ғана миллий емес, ал регионаллық көлемде де әҳмийетли үлги болып есапланады.
