Қорғаныў министрлигиниң хабар бериўинше, Түркияның Испарта қаласындағы "Командо" таў-оқыў орайында өткерилген жарыста Өзбекстан, Түркия, Пакистан, Қатар, Әзербайжан, Италия, Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы оннан аслам мәмлекет, сондай-ақ, бақлаўшы статусында Түркменстан, Қазақстан, Уллы Британия ҳәм Кувейт қатнасты. Жарыс қатнасыўшылары топарларға бөлинип, бир-биринен қыйын 15 ке шамалас шәрт бойынша беллести.
Атап айтқанда, әскерий топарлар "Жоқары мүйештен оқ атыў", "Газниқап тағып, жаўынгерлик оқ атыў", "Анық емес аралықларға қолайсыз бекинистен оқ атыў", "Түрли тосқынлықлар артынан оқ атыў", "Ҳаўадағы вертолёттан оқ атыў", "Аралды қорғаў ҳәм қайықтан жаўынгерлик оқ атыў", "Нышанға сездирмей жақынлап оқ атыў", "5 км аралықтан жүк ҳәм қурал менен жуўырып келип, суўық стволдан оқ атыў", "Түнде белгисиз аралықларға оқ атыў" ҳәм "Сюрприз" шәртлерин орынлады.
Дерлик 10 күн даўам еткен беллесиўлерде сырт мәмлекет армияларының 48 командасы ишинде Өзбекстан Қорғаныў министрлигиниң әскерий хызметкерлери сыйлы 1-орынды ийеледи ҳәм алтын медальға ийе болды.
Еслетип өтемиз, Түркияда өткерилетуғын бул жарыста Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги командасы 4-мәрте қатнаспақта ҳәм 2022-2023-жылларда 2-орынды ҳәм 2024-2025-жылларда 1-орынды ийелеп келмекте.










