баннер
3 Mar 2025
23:11

    Өзбекстан «New York Travel and Adventure Show 2025» туризм көргизбесиниң "Ең жақсы жаңа қатнасыўшысы" деп тән алынды

    28 Yanvar 2025 549

    Туризм комитети баслығының орынбасары Сардор Ниязовтың басшылығындағы Өзбекстан делегациясы биринши мәрте АҚШтың Нью-Йорк қаласында болып өтип атырған «New York Travel and Adventure Show 2025» туризм көргизбесинде қатнаспақта.

    Бул абырайлы илажда АҚШтың барлық штатлары делегациялары менен бир қатарда Қытай, Япония, Корея Республикасы, Малайзия, Пакистан, Малдив атаўлары, Марокко, Италия, Уллы Британия, Сербия, Канада, Грузия, Ямайка, Хорватия, Никарагуа, Белиз, Коста-Рика сыяқлы 40 тан аслам мәмлекетлердиң туризм администрациялары ҳәм туристлик компанияларының ўәкиллери өз өнимлерин усыныс етпекте.

    Өзбекстан делегациясы ҒМДАға ағза мәмлекетлерден бирден-бир қатнасыўшы сыпатында елимизге туристлер ағымын арттырыўға қаратылған бир қатар илажларды шөлкемлестирмекте. Соның ишинде, бир қатар жергиликли туристлик операторлардың қатнасыўында жаратылған миллий павильонда Өзбекстанның туризм потенциалы бойынша кең көлемли презентациялар және сырт мәмлекетлердиң туризм тараўы ўәкиллери менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилмекте ҳәм тийисли келисимлерге ерисилмекте.

    Елимиз "Көргизбениң ең жақсы жаңа қатнасыўшысы" деп тән алынды.

    Сондай-ақ, көргизбе шеңберинде миллий намалар ҳәм аяқ ойынлар арқалы өзбек халқының бай ҳәм ҳәр қыйлы мәденияты ҳәм дәстүрлерин сәўлелендириўши мәдений бағдарлама және түрли тарқатпа материаллар қатнасыўшыларға усынылды, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech