Өзбекстан делегациясы "Өзбекстан-Европа Аўқамы" парламент бирге ислесиў комитетиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты

    2024-жыл 12-декабрьде Брюссел қаласында "Өзбекстан-Европа Аўқамы" парламентлик бирге ислесиў комитетиниң 17-мәжилиси болып өтти. Оның жумысында Сенат Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси делегациясы қатнасты.

    Мәжилис даўамында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары ҳәм ҳәзирги күн тәртибиниң тийкарғы мәселелери додаланды. Бирге ислесиўди беккемлеўде сезилерли жетискенликлер атап өтилип, өз-ара байланысларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына итибар қаратылды.

    Парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, турақлы раўажланыў, саўда, энергетика ҳәм экология тараўларында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    "Өзбекстан - Европа Аўқамы" парламент бирге ислесиў комитетиниң гезектеги мәжилисин 2025-жылы Өзбекстанда өткериўге келисип алынды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.