Қызыл майданда Женис парады болып өтти. Илажда Қытай Баслығы Си Цзиньпин, Бразилия Президенти Лула да Силва, Египет Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси, Беларус Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, Куба Президенти Мигель Диас-Канель, Венесуела Президенти Николас Мадуро ҳәм басқалар да қатнасты.
Екинши жер жүзилик урыстағы жеңис миллионлаған инсанлардың мәртлиги, ерлиги ҳәм пидайылығының нәтийжеси болып есапланады. Бул уллы мақсетке ерисиўде көп миллетли Өзбекстан халқының да салмақлы үлеси бар.
Урыс басланған ўақытта республикамыз халқы 6 миллионнан аслам еди. Урыс жылларында еки миллионға шамалас өзбекстанлы фронтқа жиберилди. 538 мыңнан аслам адам саўаш майданларында қайтыс болды, 158 мыңнан асламы бийдәрек жоғалды.
Көрсеткен мәртлиги ҳәм ерлиги ушын Өзбекстаннан 214 мыңнан аслам әскер ҳәм офицер жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Ўатанласларымыздан 301 адам Совет Аўқамы Қаҳарманы атағына миясар болды, және 70 адам "Шуҳрат" ордениниң барлық дәрежелери ийеси болды.
Өзбек халқы мийнет тараўында да үлкен мәртлик көрсетти. Мәмлекетимиз фронттың исенимли таянышына айланды: бул жерден азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ, қурал-жарақ ҳәм басқа да зәрүр ресурслар үзликсиз тәмийинленип турылды. Қысқа мүддетте Өзбекстан аймағында 170 тен аслам эвакуацияланған кәрханалар жайластырылғаны қорғаныў санаатының тынымсыз ислеўин тәмийинледи.
Сол аўыр жылларда Өзбекстан халқы жоқары адамгершилик үлгисин көрсетип, фронт алды аймақларынан эвакуация етилген 1,5 миллионнан аслам адамды, соның ишинде, 250 мыңнан аслам жетим балаларды қабыл етти.
Өзбек халқының урыс жылларындағы мәртлиги халықаралық жәмийетшиликте кеңнен тән алынбақта.
Мәмлекетимизде де урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшыларының естелигин мәңгилестириў, ветеранларды социаллық қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Ташкентте саўлатлы "Жеңис парки" естелик комплекси қурылды.
Жеңис парадының жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм басқа да мәмлекет басшылары менен биргеликте Александр бағындағы Белгисиз әскер қәбирине гүл қойды.
Бул естелик жеңис жолында теңсиз мәртлик көрсеткен ҳәм жанын пидә еткен миллионлаған жаўынгерлер, соның ишинде, Өзбекстан перзентлериниң естелигине орнатылған.
Мәресим бир минутлық үнсизлик ҳәм ҳүрметли қараўыл ҳәм әскерий оркестрдиң салтанатлы жүриўи менен жуўмақланды.