Абу-Даби халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Бирлескен Араб Әмирликлери вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаён ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди.
Сапар бағдарламасына муўапық, ертең, 14-январь күни Өзбекстан Президенти "Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги" халықаралық саммитинде қатнасады.
БАӘниң жетекши шөлкемлери, компания ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыўлар да режелестирилген.
15-январь күни жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди.