Бул компания менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери, оның Өзбекстан энергетика тармағын кеңейтиў ҳәм технологиялық модернизациялаў жойбарларында қатнасыў режелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия компаниясы менен биргеликте Ташкент ҳәм Бухара ўәлаятларында улыўма қуўатлылығы 740 мегаватт болған заманагөй электр станцияларын қурыў жойбарларының табыслы әмелге асырылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бүгин Қашқадәрья ўәлаятының Нишон районында қуўатлылығы 400 мегаватт болған жаңа электр станциясын иске қосыў мәресими болды.

Еки тәреплеме "жол картасы"на муўапық "жасыл" энергетика тараўында, соның ишинде, газ бөлистириў системаларын модернизациялаў, биогаз станцияларын қурыў, санаат зоналарын энергия менен турақлы тәмийинлеў ҳәм басқа да перспективалы жойбарлар додаланды.