Пәрман менен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине муўапық, жынаят ислегенлиги ушын жазаны өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен 392 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилгенлердиң 223 и тийкарғы жазадан толық азат етилди, 82 си жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 34 ке тайынланған жаза жеңил жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 53 пуқараға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 3 и сырт ел пуқарасы, 26 ы ҳаял-қызлар, 14 и 60 жастан асқан ер адамлар, 166 ы 30 жасқа шекемги шахслар, 24 и қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар болып есапланады.
Пәрманның орынланыўы шеңберинде әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынлары қушағына қайтарыў, оларды социаллық бейимлестириў, пайдалы мийнетке тартыў, саламат турмыс тәризин үйренип, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўине жәрдемлесиў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тапсырмалар берилди.