Ал-Кувейт халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Әмир Шайх Мишъал ас-Сабоҳ, Мийрасхор Шайх Сабоҳ Холид ал-Ҳамад ас-Сабоҳ ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Өзбекстан жетекшисиниң сапары ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, мәмлекетлик байрақлар көтерилди, еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады.
Президентимиз ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти. Соң мәмлекет басшылары рәсмий делегациялар ағзаларын ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллерин қутлықлады.
Аэропорттың Амир терминалында жетекшилер арасында қысқа сәўбет болып өтти.
Бүгин Өзбекстан Президенти ҳәм Кувейт Әмири жоқары дәрежеде сөйлесиўлер өткереди. Саммит күн тәртибинен Өзбекстан менен Кувейт арасындағы дослық ҳәм көп қырлы шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық-финанслық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.
Илажлар жуўмағында бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық келисимлердиң қабыл етилиўи нәзерде тутылған.