Илажда регион мәмлекетлериниң басшылары ҳәм Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин қатнасады. Сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылады, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылады. Жуўмағында биргеликтеги ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Саммит шеңберинде Өзбекстан Президенти Қытай Баслығы менен еки тәреплеме ушырасыў да өткереди.

Бул форматтағы биринши саммит Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде 2023-жыл май айында Қытайдың Сиан қаласында болып өткенин атап өтиў керек.