Буннан алдын мәмлекетимиз басшысы Кеңеске шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қосылыў усынысын қабыл еткен еди.

Мәмлекетимиз басшысы АҚШ Президентине жоллаған қутлықлаўында бул баслама Жақын Шығыста көп жыллық келиспеўшиликлерди шешиў, кең регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланатуғынын атап өтти.