Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Түркменстанға жөнеп кетти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 4-август күни БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясына қатнасыў ушын әмелий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

    Авазада болып өтетуғын конференцияда транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, экономикалық трансформация, климаттың өзгериўи ҳәм қоршаған орталық ушын қәўип-қәтерлерге шыдамлылықты арттырыў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў мәселелери көрип шығылады.

    Аваза сиясий декларациясы ҳәм ҳәрекетлер бағдарламасының қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, Президентимиз Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелерине бағышланған илажда қатнасады ҳәм бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткереди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates