Өзбекстан Президенти АҚШ пенен парламентлераралық ҳәм аймақлараралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Вашингтон қаласына сапары шеңберинде 5-ноябрь күни өзине ажыратылған резиденцияда АҚШ Конгресси Ўәкиллер палатасының ағзалары Билл Хайзен, Кэрол Миллер ҳәм Сидней Камлагер-Давты қабыллады.

    Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, еки мәмлекет парламентлериниң әмелий бирге ислесиўин кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Нызам шығарыўшы уйымлар арасындағы байланыслар жедел раўажланып атырғаны, АҚШ Конгрессинде Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша кокус нәтийжели жумыс алып барып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳәр жылы Ўәкиллер палатасында кокус жәрдеминде еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге хызмет етип атырған Өзбекстан күнлери өткерилип келинбекте.

    Конгресс жоқары дәрежеде ерисилген, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиўге байланыслы келисимлерди әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўи әҳмийетли екени атап өтилди.

    Аймақлараралық байланысларды кеңейтиў, конгрессменлер ўәкиллик етип атырған Батыс Виржиния, Мичиган ҳәм Калифорния штатлары менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

    Ушырасыў жуўмағында АҚШ Конгресси ўәкиллериниң Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларының басшылары басшылығындағы исбилермен топарлар делегацияларының өз-ара сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates