Делегация қурамында ушырасыўда “Traxys” компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Алан Доктер, Колорадо геология мектебиниң вице-президенти Жон Бредфорд, “FLSmidth” компаниясының үлкен вице-президенти Питер Фланаган, “McKinsey” компаниясының үлкен шериги ҳәм Орайлық Азия бойынша офиси басшысы Эрмолай Солженицын ҳәм “Go Green Partners” компаниясының бас директоры Михаил Седой қатнасты.
АҚШтың бул жетекши компания ҳәм шөлкемлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
“Traxys” әҳмийетли шийки зат ҳәм минераллар, соның ишинде, энергетикалық өтиў ушын зәрүр болған шийки зат ҳәм минералларды жеткерип бериў бойынша дүнья жетекшилеринен бири болып есапланады. Компания менен биргеликте геология-излеў ҳәм кәнлерди өзлестириў тараўында 1 миллиард долларлық перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилген. Әҳмийетли минералларды қазып алыў, қайта ислеў ҳәм турақлы жеткерип бериў шынжырларын жаратыў тараўында алдынғы технологиялар ҳәм билимлерди енгизиў бойынша келисим ҳәм "жол картасы" қабыл етилди.
Колорадо кәншилик мектеби таў-кән санааты ушын қәнигелер таярлаў бойынша жетекши инженерлик университети болып табылады.
Бул билимлендириў мәкемеси менен Өзбекстан геология илимлери университети жанында Компетенциялар орайын шөлкемлестириў мәселеси ислеп шығылмақта.
“FLSmidth” таў-кән ҳәм байытыў санааты ушын технологиялар ҳәм үскенелерди ислеп шығыў менен шуғылланады. Компания елимиздиң мыс санаатын раўажландырыўда белсене қатнаспақта.
“McKinsey” таў-кән санааты кәрханаларын басқарыў, консалтинг ҳәм стратегиялық раўажландырыў тараўында алдынғы компания болып есапланады. Компания менен биргеликте мәмлекетимиздиң шийки зат базасын раўажландырыў, таў-кән санааты қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм оны терең трансформациялаў стратегиясы таярланды.
“Go Green Partners” "жасыл" энергетика ушын әҳмийетли болған минералларды қазып алыў ҳәм қайта ислеўге инвестиция киргизиўге қәнигелескен. Компания перспективалы майданларда геологиялық излеў жумысларын алып барыўды режелестирмекте.
Бул компаниялардың улыўма капиталласыўы 20 миллиард АҚШ долларынан артады.
Жойбарларды жеделлестириў ҳәм жаңа усыныслар таярлаў мақсетинде биргеликтеги жумысшы топар дүзиў ҳәм "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.










