баннер
26 Apr 2025
03:59

    Өзбекстан Президенти араб мәмлекетлери парламентлериниң басшыларын қабыллады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы шеңберинде араб мәмлекетлери парламентлериниң басшыларын қабыллады.

    Ушырасыўда Араб парламентиниң Баслығы Муҳаммад бин Аҳмад Ал-Ямаҳий, Бахрейн парламентиниң Ўәкиллер кеңесиниң Спикери Аҳмад бин Салмон Ал-Мусаллам, Египет Ўәкиллер палатасының Спикери Ҳанафий Али Ал-Жабалий, Оман Шора кеңесиниң Баслығы Холид бин Ҳилол Ал-Маъавали, Қатар Шора кеңесиниң Баслығы Ҳасан бин Абдуллоҳ Ал-Ғаним ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери Федерал миллий кеңеси комитетиниң баслығы Али Рашид Ал-Нуаймий қатнасты.

    Араб дүньясы мәмлекетлери менен көп қырлы қатнасықларды, соның ишинде, парламентлераралық байланыслар арқалы буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

    Ушырасыў алдынан делегациялардың басшылары Өзбекстан жетекшисине өз мәмлекетлери жетекшилериниң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм араб мәмлекетлериниң кең көлемли шериклиги жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Жоқары дәрежедеги тарийхый сапар етиўлер әмелге асырылды, өз-ара сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел даўам еттирилмекте.

    Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Қатар Мәмлекети менен қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди, Саудия Арабстаны ҳәм Египет пенен кең көлемли бирге ислесиў жолға қойылды.

    Бахрейн Патшалығы ҳәм Оман Султанлығы менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиў избе-из раўажланбақта.

    Бул мәмлекетлер менен инвестициялық жойбарлардың портфели 50 миллиард доллардан артты. "Жасыл" энергетика, химия санааты, аўыл хожалығы, IТ, транспорт ҳәм логистика, инфраструктура ҳәм туризм тараўларында жойбарлар әмелге асырылмақта. 500 ге шамалас қоспа кәрхана шөлкемлестирилди, тиккелей авиақатнаўлардың саны ҳәптесине 150 ден артты.

    Регионаллық күн тәртибиндеги, соның ишинде, Жақын Шығыстағы жағдайды тәртипке салыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси, бәринен бурын, усы жылдың май айында Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - Араб буғазы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" сөйлесиўиниң екинши саммитин өткериў мәселелери көрип шығылды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech