баннер
23 Apr 2025
16:47

    Өзбекстан Президенти Беларус жетекшисин президентлик сайлаўдағы жеңиси менен қутлықлады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-январь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Беларус Республикасы Президенти Александр Лукашенконы кеше болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлады.

    Мәмлекетимиз басшысы сайлаўшылардың белсене қатнасыўы ҳәм даўыс бериў нәтийжелери Беларус халқы әмелдеги Президентке жоқары исеним билдирип атырғанын, әмелге асырылып атырған сиясат ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлап атырғанын және бир мәрте тастыйықлағанын айрықша атап өтти.

    Сөйлесиў ўақтында өткен жылы 7-9-февраль күнлери Беларус Президенти Александр Лукашенконың Өзбекстанға сапары ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан Өзбекстан-Беларус көп қырлы шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    2024-жылы товар алмасыў көлеми 700 миллион доллардан асты. Экономиканың түрли тармақларында санаат кооперациясы жойбарларын жеделлестириў, тығыз исбилерменлик ҳәм аймақлараралық байланысларды, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Өзбекстан ҳәм Беларус жетекшилери болажақ илажлар режесин де көрип шықты.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech