Жетекшилер дүнья жүзиндеги ең ири музейлерден бириниң көркем өнер дөретпелери ҳәм дүнья мәденияты естеликлериниң бийбаҳа коллекциясына ийе экспозициясы менен танысты. Көзден өткериў даўамында Россия ҳәм Европа тарийхы ҳәм көркем мийрасының әҳмийетли басқышларын сәўлелендиретуғын Бас музей комплексиниң заллары менен танысты.
Делегациялардың басшылары Александр залында болды, көркем гүмис экспонациясын көзден өткерди, сондай-ақ, салтанатлы мәресимлер ҳәм рәсмий илажларды өткериўге мөлшерленген Пикет залы ҳәм Герб залында болды.
Әсиресе, қымбат баҳалы металлардан исленген сийрек ушырасатуғын дөретпелер сақланатуғын Алтын қоймахана, әпсанаға айланған "Таўыс" механикалық сааты орнатылған Киши Эрмитаж павильон залы айрықша қызығыўшылық оятты.
Сапар етиў ўақтында Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасындағы мәдений сөйлесиўди беккемлеў, тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.