Сапар бағдарламасына муўапық, Улан-Батор қаласында жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған.
Өзбекстан менен Монголия арасындағы дослық ҳәм әмелий бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылады.
Товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм номенклатурасын кеңейтиў, санаат тармақлары, аўыл хожалығы, кәншилик, транспорт тараўлары ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў дыққат орайында болады.
Саммит жуўмағында келисимлер топламының қабыл етилиўи күтилмекте.









