Ушырасыўда Vandewiele, Linde, Rhenus Logistics, Ahlers Logistics, Lasselsberger Group, Pietro Fiorentini, NextChem, Meridiam, SUEZ, FMO, European Investment Bank, Commerzbank, KfW, Textima, Chimcomplex, Metso сыяқлы компания ҳәм корпорациялардың топ-менеджментлери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы илажда Европаның жетекши компанияларының қатнасыўы жоқары дәрежедеги өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге болған умтылыстың көриниси екенин айрықша атап өтти.
Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы Өзбекстан ҳәм ЕА қатнасықларында жаңа бет ашатуғыны атап өтилди.
Кейинги жети жылда товар алмасыў еки есеге артты, Европа капиталының қатнасыўындағы қоспа кәрханалардың саны мыңнан асты. Бул көрсеткишлер инвесторлардың Өзбекстандағы экономикалық реформаларға исеними артып атырғанынан дәрек береди.
Өзбекстан экономикасын модернизациялаў ҳәм терең экономикалық реформаларды әмелге асырыў, алдынғы технологияларды, корпоратив басқарыў стандартларын енгизиў ҳәм инновациялық өндиристи раўажландырыўда европалы шериклердиң жәрдеми айрықша атап өтилди.
Президентимиз инсан капиталын раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Жаслардың жоқары билим алыў имканиятлары сезилерли дәрежеде кеңейтилди - жаңа жоқары оқыў орынлары шөлкемлестирилди, сырт ел университетлериниң филиаллары ашылды, европалы шериклер менен қоспа билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылмақта.
Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўди және де тереңлестириўдиң төрт тийкарғы бағдарын көрсетип өтти.
Өзбекстан стратегиялық шийки зат ҳәм минералларды өзимизде өзлестириў ҳәм терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер ислеп шығарыў жойбарларын биргеликте әмелге асырыўдан мәпдар.
"Жасыл" экономика ҳәм химия санааты да бирге ислесиў ушын перспективалы бағдар болып есапланады. Мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергетика жедел енгизилмекте, энергетика системасы модернизацияланбақта. Европалы шериклерге "жасыл" генерация, энергия топлаў ҳәм экологиялық химия жойбарларында қатнасыў усыныс етилди.
Инфраструктураны ҳәм логистиканы раўажландырыў да тийкарғы бағдар сыпатында көрсетип өтилди. Өзбекстан транспорт тармағын, соның ишинде, автомагистрал, темир жол ҳәм аеропортларды модернизация етпекте. Мәмлекетимиз транзит жолларын раўажландырыў, Европа ҳәм Азияны байланыстыратуғын заманагөй логистика орайларын жаратыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таяр.
Санлы экономика ҳәм мәлимлеме технологияларына айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан IТ-парклер ҳәм стартап-инкубаторларды раўажландырмақта, жасалма интеллект ҳәм киберқәўипсизлик тараўында Европа компаниялары менен бирге ислесиўге таяр.
Өз гезегинде, дөгерек сәўбети қатнасыўшылары мәмлекетимизде инвестициялар ушын жаратылған ашық-айдын ҳәм турақлы шараятларды жоқары баҳалады және мәмлекетимизде жаңа қоспа жойбарлар менен басламаларды әмелге асырыўда қатнасыўға таяр екенлигин тастыйықлады.












