Өзбекстан Президенти "Gulf Care General Trading" компаниясының басшысы менен ушырасты

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзине ажыратылған резиденцияда "Gulf Care General Trading" компаниясының басшысы доктор Ияд ас-Солихты қабыллады.

    2001-жылы шөлкемлестирилген компания Қолтық регионында медициналық үскенелердиң ең ири жеткерип бериўшилеринен бири болып, Кувейттеги жеке меншик медицина мәкемелериниң кең тармағына ийе.

    Мәмлекетимиз жетекшиси кеселликлерди ерте анықлаў тараўындағы шериклик раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Компанияның мәмлекетимиз аймақларында медициналық хызмет көрсетиў ҳәм фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы режелери қоллап-қуўатланды.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates