Президентимиз Ҳайдар Алиевтиң қәбирине гүл қойып, Әзербайжанның уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткериниң естелигине ҳүрмет көрсетти.
Гейдар Алиев ҳақылы түрде ғәрезсиз Әзербайжанның тийкарын салыўшысы есапланады. Оның басшылығында мәмлекеттиң жедел раўажланыўы ҳәм халықаралық майдандағы абырайының жоқарылаўы ушын беккем тийкар жаратылды.
Оның мәмлекетлик қурылыс ҳәм миллий суверенитетти беккемлеўге қосқан үлеси Әзербайжан тарийхында айрықша орын ийелейди.
Өзбекстанда Гейдар Алиевти туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланысларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге үлкен әҳмийет берген мәмлекетлик ғайраткер сыпатында терең ҳүрмет етеди.