баннер
16 Apr 2025
10:03

    Өзбекстан Президенти жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди толық әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Ушырасыў алдынан министр мәмлекетимиз басшысына БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаён, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум ҳәм вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаённың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Қабыл етилген "жол картасы" тийкарында тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Өзбекстан Президентиниң усы жыл январь айында БАӘға әмелге асырған сапарының тарийхый жуўмақлары, нәтийжеде еки мәмлекет арасындағы көп қырлы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Өз-ара саўда көлеми, қоспа кәрханалар ҳәм тиккелей авиақатнаўлардың саны турақлы артып бармақта. Әмирликлердиң жетекши компанияларының қатнасыўындағы жойбарлар портфели дерлик 20 миллиард долларды қурамақта.

    Өзбекстан аймақларында "жасыл" энергетика, электротехника, аўыл хожалығы, суў хожалығы, коммуналлық ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў бойынша кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

    Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық мәселелери де көрип шығылды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech