Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевқа Ақтаў қаласы жанында жолаўшы самолётының апатшылығы ақыбетинде көплеген инсанлар қурбан болғаны мүнәсибети менен терең кеўил билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшиси арқалы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына шын жүректен кеўил билдириў ҳәм қоллап-қуўатлаў сөзлерин жоллады, жәбирленгенлердиң бәршеси тез пурсатта саўалып кетиўин тиледи.