Өзбекстан Президенти Қатарға келди

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Танийдиң мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Доха қаласына келди.

    Мәмлекетимиз басшысын Қатар Бас министриниң орынбасары, қорғаныў ислери бойынша мәмлекетлик министри Шайх Сауд бин Абдураҳмон Ол Таний ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

    Шайх Ҳамад атындағы халықаралық аэропортта уллы мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди.

    Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Президенти ертең, 4-ноябрь күни социаллық раўажланыў бойынша екинши Пүткилжәҳән саммитинде қатнасады.

    Мәмлекетимиз басшысы кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жәмийетлердиң турақлылығын, социаллық әдиллик ҳәм инклюзивликти арттырыў, билим алыў имканиятларын кеңейтиў, климат өзгерислерине бейимлесиў ҳәм басқа да бағдарларда бир қатар басламаларды алға қойыўы күтилмекте.

    Саммит шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилиўи де нәзерде тутылған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates