Мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан жетекшисине беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-саадат ҳәм мәмлекеттиң турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформаларды әмелге асырыўды үлкен табыслар, туўысқан қырғыз халқына болса абаданшылық ҳәм тынышлық тиледи.
Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекет басшылары еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Жыл басынан берли товар алмасыў көлеми 700 миллион доллардан артты. Биргеликтеги инвестиция фонды табыслы жумыс жүргизбекте, машина қурылысы, энергетика, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта. Аймақлараралық ҳәм исбилерменлик қатнасықлары, мәдений алмасыўлар жеделлести.
Энергетика ҳәм транспорт тараўларында ири регионаллық инфраструктура жойбарларын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысты ҳәм болажақ биргеликтеги илажлар режесин додалады.