Мәмлекетимиз басшысы Нурсултан Назарбаевты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар тиледи.
Өзбекстан-Қазақстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының бүгинги дәрежеси, көп қырлы бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.









