Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Болажақ еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси көрип шығылды.
Саўда, санаат кооперациясы, нәтийжели логистика, аўыл хожалығы, туризм, билимлендириў, мәдений алмасыў сыяқлы тийкарғы бағдарларды қамтып алған еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў бағдарындағы жумысларды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.