Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўларында мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириўге қаратылған пәрманға қол қойды, деп хабар бермекте "Дунё" ХА.
Мағлыўматқа бола, ҳүжжетте мәмлекетти ядро қәўипсизлиги тараўындағы бир қатар халықаралық шәртнамаларға қосылыўы нәзерде тутылған.
Пәрманда атап өтилиўинше, бул дизимге бир қатар халықаралық конвенциялар, соның ишинде, Ядролық зыян ушын пуқаралық жуўапкершилик ҳаққындағы Вена конвенциясы, Ядролық авария ҳаққында жедел хабар бериў ҳаққындағы конвенция, Ядролық қәўипсизлик ҳаққындағы конвенция киреди.
ХАА, сондай-ақ, Өзбекстан Қытай ҳәм Атом энергиясы бойынша халықаралық агентлик (МАГАТЭ) менен атом энергетикасы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў нийетинде екенин мәлим етеди.