Ушырасыўда "Vision Invest" ҳәм "Riyadh Cables" компанияларының басшылары да қатнасты.
Бул мәмлекеттиң исбилерменлери менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм елимиздеги тийкарғы жойбарларды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.
Саудияның "ACWA Power" ҳәм басқа да компаниялары менен нәтийжели шериклик жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Бүгинги күнде биргеликтеги жойбарлар портфели 24 миллиард долларға жеткен. "Жасыл" энергетика тараўындағы жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Ташкент ўәлаятында "жасыл" водород ислеп шығарыў жолға қойылды.
Электр тармақларын модернизациялаў, электротехника санаатын раўажландырыў, мәлимлеме технологиялары, транспорт, коммуналлық хожалық ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.