Әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм тийкарғы қоспа жойбарларды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның "жасыл" энергетика тараўындағы стратегиялық инвесторы болған «ACWA Power» компаниясы менен нәтийжели шериклик жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Бүгин бир қатар қоспа жойбарларды иске қосыў мәресими болып өтти: 752 мегаваттлы 4 самал электр станциясы тармаққа жалғанды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Бухара ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 2,3 гигаваттлы 5 электр станциясы ҳәм 300 мегаваттлы электр энергиясын сақлаў системасын қурыўға старт берилди.
Буннан тысқары, Самарқанд ўәлаятын Ташкент ўәлаяты, Қарақалпақстан Республикасын Бухара ўәлаяты менен байланыстырыўшы улыўма узынлығы 1 мың 790 километр болған 500 киловолтлы электр узатыў тармағын қурыў жумыслары басланған.
Ушырасыўда энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.