19 Apr 2025
02:36

    Өзбекстан Президенти ШБШ Бас хаткерин қабыллады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-март күни мәмлекетимизде сапар менен болып турған Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Нурлан Ермекбаевты қабыллады.

    Бул абырайлы шөлкем шеңбериндеги көп тәреплеме шерикликти раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

    Турақлылық ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде әмелий ҳәрекетлерди кеңейтиў, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шериклик принциплери тийкарында бирге ислесиўди және де тереңлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Самарқанд саммитинде басланған ШБШ жумысын модернизациялаў процесин даўам еттириў, соның ишинде, шөлкемниң барлық структураларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

    "Жаңа экономикалық қарым-қатнас"ты раўажландырыў концепциясы ҳәм мәмлекетимиздиң басқа да бир қатар басламаларын әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Булар саўданы әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисим, электрон коммерция бағдарламасы, инвестицияларды хошаметлеў комплекси, логистикада санластырыў режеси, "ШБШ келешек технологиялары" бағдарламасы, Азық-аўқат қәўипсизлиги атласы ҳәм басқаларды қабыл етиў болып есапланады.

    Сондай-ақ, Қытайдың Тянцзин қаласында болатуғын ШБШ саммитине таярлық көриў мәселелери додаланды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech