баннер
22 Apr 2025
14:25

    Өзбекстан Президенти ҳәм ЕТРБ басшысы стратегиялық шерикликтиң тийкарғы бағдарларын додалады

    "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитиниң исбилерменлик бағдарламасы 3-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассоның ушырасыўы менен басланды.

    Мәмлекетимиздиң усы абырайлы халықаралық финанслық институт пенен кең көлемли бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўдың әмелий тәреплери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Өзбекстан ҳәм ЕТРБ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тийкарғы тармақлардағы биргеликтеги жойбарлар портфели турақлы кеңейип бармақта. Банктиң мәмлекетимиз экономикасына киргизген жәми инвестициялары 5 миллиард евродан асты, соның ишинде, өткен жылдың жуўмақларына бола дерлик 1 миллиард евроны қурады. Финанслық жәрдемниң тийкарғы көлеми жеке меншик секторға туўра келмекте.

    Мәмлекетимиз бойынша орта мүддетли Шериклик стратегиясы нәтийжели әмелге асырылмақта. ЕТРБ экспертлериниң жәрдеминде банк тараўын трансформациялаў ҳәм бизнес ушын имканиятларды кеңейтиў илажлары көрилмекте.

    Ушырасыўда жойбарлардың орынланыў сапасын жақсылаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша биргеликтеги жумыслар өз нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди. Процесслерди оптималластырыў ҳәм жойбарларды таярлаўды жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын, соның ишинде, билимлендириў, суў тәмийнаты, турмыслық шығындыларды қайта ислеў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болды.

    "Жасыл" экономика, углерод шығындыларын азайтыў, санластырыў ҳәм жасалма интеллект, ипотека базары, транспорт коммуникацияларын раўажландырыў ҳәм басқа да тараўлардағы бағдарлама ҳәм жойбарлар бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.

    Усы жылдың июнь айында Ташкент халықаралық инвестициялық форумы ҳәм Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша да пикир алысылды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech