Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон күтип алды.

Өзбекстан басшысының сапары ҳүрметине мәмлекетлик байрақлар көтерилди. Миллий нама-қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.

Бүгин Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан Президентлериниң үш тәреплеме ушырасыўы болып өтеди.

Күн тәртибине муўапық, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланады.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойыў режелестирилген.

Президентлер көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы қоспа концертте де қатнасады.