Өзбекстан Президенти Жаңа раўажланыў банки менен шерикликтиң тийкарғы бағдарларын белгилеп берди

    Сиясат 9 маусым 2025 1316

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-июнь күни Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген БРИКС Жаңа раўажланыў банкиниң президенти Дилма Русефти қабыллады.

    Бул көп тәреплеме қаржы институты менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

    Өткен жылы октябрь айындағы БРИКС саммити шеңберинде ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Атап айтқанда, банктиң Басқарыўшылар кеңеси тәрепинен Өзбекстан Жаңа раўажланыў банкине ағза болыўына принципиаллық келисим берилди. Улыўма баҳасы 5 миллиард долларлық биринши гезектеги биргеликтеги жойбарлар бағдарламасы қәлиплестирилди.

    Мәмлекетимиз басшысы ирригация системаларын модернизациялаў, таў-кән санаатын раўажландырыў, жеке меншик секторды қаржыландырыў, билимлендириў ҳәм инфраструктура тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти алға қойыў сыяқлы тийкарғы бағдарларда жойбарларды тез пурсатта таярлаў ҳәм әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

    Сондай-ақ, ири регионаллық инфраструктура жойбарлары қоллап-қуўатланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates