Мәмлекетимиз басшысы олар менен сәўбетлести.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, ўатанласларымыздың арзыў-нийетлери, мақсет ҳәм режелери ҳаққында ашық-айдын сөйлесиў болып өтти.
Президентимиз олардың жумысы ҳәм оқыўында табыслар тилеп, күншығыс елинде алған билим ҳәм тәжирийбеси Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығына хызмет ететуғынына исеним билдирди.











