Мәмлекетимиз басшысы Париж қаласында Франция Президенти Эммануэль Макрон менен нәтийжели сөйлесиў өткерди.
Саммит жуўмағында Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында биргеликтеги декларация, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша келисимлердиң салмақлы топламы қабыл етилди.
Президентимиз Францияның жетекши компания, банк ҳәм шөлкемлериниң басшылары менен дөгерек сәўбетинде қатнасты. Улыўма баҳасы 6,5 миллиард евро болған анық кооперация жойбарларын әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Инвестиция ҳәм инновация тараўларында бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди.
Еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Франция Республикасының жоқары сыйлығы - Ҳүрметли легион ордени менен сыйлықланды.
Сапар етиў шеңберинде Франция Миллий мәжилисиниң Баслығы Яэль Браун-Пиве ҳәм Париж қаласының мэри Анн Идальго менен ушырасыўлар өткерилди. Париж қаласы көшелеринен бирине Самарқанд атын бериўге бағышланған мәресим болды.
ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле менен сөйлесиўлерде бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары ҳәм шөлкем Бас конференциясының Самарқанд қаласындағы 43-сессиясына таярлық көриў мәселелери додаланды.
Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, "Орли" халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Франция спорт ҳәм жаслар министри Мари Барсак ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.