Исламабадта мәмлекетимиз басшысы Пакистан Ислам Республикасы Президенти Асиф Али Зардарий ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф пенен ҳәр тәреплеме сөйлесиўлер өткерди. Өзбекстан менен Пакистан арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-логистика ҳәм гуманитарлық тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында тийкарғы бағдарлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламына қол қойылды.
Пакистан Қураллы Күшлери Қорғаныў күшлери Бас сәркардасы - Қурғақлықтағы әскерлер сәркардасы фельдмаршал Асим Мунир ҳәм Бас министрдиң орынбасары, сыртқы ислер министри Ишоқ Дор менен де ушырасыўлар болып өтти.
Еки күнлик сапар даўамында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан - Пакистан бизнес форумында қатнасты, Пакистанның жетекши исбилермен топарларының ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.
"Айван-е-Садр" резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президентине Пакистанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы - "Нишан-е-Пакистан" ("Пакистан белгиси") орденин тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.
Буннан тысқары, Президентимизге Пакистан жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринен бириниң докторы ҳәм профессоры ҳүрметли атақлары берилди.
Пакистан пайтахтындағы көшелерден бирине "Ташкент" аты, жаңадан шөлкемлестирилип атырған бағқа Бабур аты берилгени тарийхый мийрас уқсаслығы, Өзбекстан ҳәм Пакистан халықларының және де жақынласыўы белгиси болды.
Мәмлекетлик сапар бағдарламасы жуўмақланғаннан соң Өзбекстан Президенти Ташкентке жөнеп кетти. "Нурхан" аэропортында жоқары мәртебели мийманды Пакистан Бас министриниң арнаўлы кеңесгөйи - санаат ҳәм өндирис министри Харун Ахтар ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.