Нызам жойбары Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетине ағза бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында киргизилген.
Жойбарда "Мәлимлемелестириў ҳаққында"ғы Нызам ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине төмендеги мазмундағы нормаларды киргизиў нәзерде тутылмақта:
"Жасалма интеллект" түсинигиниң ҳуқықый анықламасы биринши мәрте нызамшылық дәрежесинде анық белгиленбекте;
Мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары: жасалма интеллектти раўажландырыў, инвестиция тартыў, кадрлар таярлаў ҳәм тараўда ҳуқықый кепилликлер жаратыў;
Мәлимлеме ресурсларына болған этикалық ҳәм ҳуқықый талаплар - инсан ҳуқықлары ҳәм абырайын ҳүрмет етиў, қарар қабыл етиўде тек ғана жасалма интеллект жуўмақларына сүйенбеў;
Ҳәкимшилик жуўапкершилик нормасы: жеке мағлыўматларды жасалма интеллект арқалы нызамсыз қайта ислеў ҳәм тарқатқаны ушын жуўапкершилик механизми енгизилмекте;
Мәлимлеме ресурсларына мәжбүрий маркировка - жасалма интеллект арқалы жаратылған мағлыўматлар арнаўлы белгилер менен ажыратып көрсетилиўи керек.
Не ушын бул әҳмийетли? Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Раҳимжон Ҳакимовтың нызам жойбары мәмлекетимизде жасалма интеллект технологияларына байланыслы қатнасықларды ҳуқықый тийкарда тәртипке салыўға қаратылған биринши қәдем сыпатында әҳмийетке ийе.
Бүгинги күнде жасалма интеллект тек ғана технология емес, ал ҳуқық, этика, қәўипсизлик ҳәм мәмлекет суверенитетине байланыслы қурамалы мәселелерди де талап етпекте. Интернетте тарқатылып атырған жасалма түрде жаратылған, жалған даўыс ҳәм сүўретлерге тийкарланған контентлер шахстың абырайы ҳәм ҳуқықлары ушын қатаң қәўип туўдырмақта.
Нызам жойбары бул қәўип-қәтерлерге қарата ҳуқықый шешимлер усыныс етеди, атап айтқанда: жасалма интеллект жәрдеминде тарқатылған мәлимлемениң ҳақыйқый дәрегин ажыратыў, оның инсан ҳуқықларына қарсы қолланылыўына жол қоймаў ҳәм бундай ҳәрекетлер ушын жуўапкершиликти белгилеў.