баннер
25 Mar 2025
23:55

    Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Ислам финанслық хызметлери Кеңесине ағза болды

    23 Dekabr 2024 584

    Кеңестиң жумысы ислам финанс институтларын тәртипке салыў ҳәм қадағалаў бойынша халықаралық стандартларды ислеп шығыў, нәтийжели корпоратив басқарыў механизмлерин ҳәм тәўекел-менежмент системасын енгизиў, сондай-ақ, усы тараўда кадрлар потенциалын арттырыў, изертлеўлер алып барыў ҳәм усы мәселелерде Кеңеске ағза шөлкемлерге жәрдемлесиўге қаратылған.

    Бул шөлкемге ағзалық басқа да мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў ҳәм мәмлекетимизде ислам финанс институтларының жумысын тәртипке салыў ҳәм қадағалаў тараўында алдынғы халықаралық тәжирийбени енгизиў имканиятын береди, деп хабар береди Орайлық банк баспасөз хызмети.

    Мағлыўмат ушын: Кеңес 2002-жылы шөлкемлестирилген болып, бас офиси Куала-Лумпурда (Малайзия) жайласқан. Бүгинги күнде Кеңестиң 188 ағзасы, соның ишинде, 81 тәртипке салыўшы ҳәм қадағалаўшы уйымлар, 10 халықаралық ҳүкиметлераралық шөлкем ҳәм 97 базар қатнасыўшылары есапланады.

    Сондай-ақ, Кеңеске Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан финанслық регуляторлары да ағза есапланады.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech