Малайзияның Куала-Лумпур қаласында Азия Футбол Конфедерациясының 35-Конгрессы болып өтти. Онда АФК Атқарыў комитетиниң Орайлық Азия регионы ўәкили, ӨФА биринши вице-президенти Равшан Ирматов басшылығындағы Өзбекстан футбол ассоциациясы делегациясы да қатнасты.
Илажда АФК Президенти Шайх Салмон бин Иброҳим Ал Халифа конфедерацияға ағза миллий ҳәм регионаллық ассоциацияларды және де раўажландырыў ҳәм Азия футболының келешеги ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
"Биз Азия футболын және де күшлирек раўажландырыўға қаратылған жаңа жойбарлар ҳәм өзгерислерди әмелге асырмақтамыз. Бул бағдарлар ҳәм бирге ислесиўлер Азия футболының беккем тийкарын жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди. Клублар ҳәм миллий командалар арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў, сондай-ақ, регионаллық жарыслар арқалы футболды халықаралық майданда және де раўажландырыўды режелестирип атырмыз", - деди АФК президенти.
Конгресс даўамында 2031-жылғы Азия кубогы өткериў ушын 7 талабан тәрепинен арза берилгени атап өтилди.
Булар төмендегилер:
- Австралия
- Ҳиндстан
- Индонезия
- Қубла Корея
- Кувейт
- БАӘ
- Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғыз Республикасы (қоспа арза).
"2031-жылғы Азия кубогы ушын рекорд муғдардағы мәмлекетлер арза берди, бул Азия футболының глобал майдандағы әҳмийетин және де арттырады", - деп қосымша етти Шайх Салмон.
АФК басшысы, сондай-ақ, Палестина, Мянма ҳәм Таиландта жүз берген тәбийий апатшылықлар себепли жәбирленгенлерге кеўил айтты. Конгресс даўамында, сондай-ақ, күн тәртибиндеги басқа мәселелер ҳәм шөлкемниң есабатлары тастыйықланды.