Ушырасыўда нәтийжели дипломатия, жедел инвестициялық бирге ислесиў, саўда көлемин арттырыў ҳәм байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды.
"Пикирлесиўлеримиз кең көлемли болып, ең әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм мәмлекетлеримиз ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў менен бирге түрли тосқынлықларды сапластырыў бойынша анық қәдемлерди белгилеп берди. Ушырасыўымыздың тийкарғы нәтийжеси халықларымыздың турақлы раўажланыўы ушын дослығымыз ҳәм бирге ислесиўимизди беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болған Анкара декларациясына қол қойылыўы болды", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.ф