2025-жыл 21-23-январь күнлери Ташкент қаласында Аўғанстан Жәмийетлик ислер министриниң темир жол мәселелери бойынша орынбасары М.И. Соҳибзода басшылығындағы делегация менен нәтийжели ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Транспорт министри И.Маҳкамовтың басшылығында өткерилген ушырасыўда аўған тәрепи менен трансаўған темир жол қурылысы жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша пикир алысылды ҳәм тәреплер келеси жумысларды шөлкемлестириў бойынша келисип алды.
Соның менен бирге, еки мәмлекет темир жол ҳәкимшиликлери арасында жедел бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде "Ҳайратон - Мозори-Шариф" темир жолынан пайдаланыў ҳәм оған хызмет көрсетиў бойынша шәртнаманы созыў бойынша келисимге ерисилди.
Онда "Өзбекстан темир жоллары" АЖның "Согдиана транс" ЖШЖ "Ҳайратон - Мозори-Шариф" темир жолына хызмет көрсетиўши оператор сыпатында сақланып қалады.