баннер
27 Mar 2025
01:42

    Өзбекстан ҳәм Беларус Орайлық сайлаў комиссиялары баслықларының ушырасыўы болып өтти

    Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низамходжаев басшылығындағы делегация Беларус Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин бақлаўды баслады.

    Бүгин Минск қаласында Өзбекстан ОСК баслығы З.Низамходжаев ҳәм Беларус ОСК баслығы И.Карпенко арасында ушырасыў болып өтти.

    Өзбекстан ОСК баслығы З.Низамходжаев Беларус Президенти сайлаўлары сыяқлы мәмлекеттиң келешегин белгилеп беретуғын әҳмийетли сиясий илажда қатнасыў ушын мирәт еткени ушын И.Карпенкоға өзиниң миннетдаршылығын билдирди.

    Ушырасыў қатнасыўшылары сайлаў тараўындағы бирге ислесиўдиң унамлы динамикасына айрықша итибар қаратты.

    Атап өтилгениндей, ҳәр еки мәмлекеттиң ОСКлары Пүткил жер жүзилик Сайлаў уйымлары ассоциациясы (ПСУА) ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) мәмлекетлери сайлаў уйымлары басшыларының Мәсләҳәт кеңесиниң ағзасы болып есапланады.

    Еки мәмлекеттиң сайлаў уйымлары сайлаў системасын буннан былай да реформалаў, оны турақлылық ҳәм инклюзивлик, ашық-айдынлық ҳәм нызамлылықты тәмийинлеўге қаратылған жедел ҳәрекетлерди әмелге асырып келмекте.

    "Улыўма мақсет ҳәм принциплеримизди есапқа алған ҳалда, өткен жылы бирге ислесиўимизди рәсмийлестирип, Өзбекстан ҳәм Беларус ОСКлары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы Протоколға қол қойдық. Бул бизиң шериклик қатнасықларымызды жаңа басқышқа алып шықты", - деди З.Низамходжаев.

    Ол, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң сайлаў уйымлары арасында турақлы түрде тәжирийбе, мәлимлеме ҳәм алдыңғы әмелият алмасыўы әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Миллий сайлаў кампанияларын мониторинг етиў ушын бақлаўшыларды өз-ара мирәт етиў бирге ислесиўдиң нәтийжели түрлеринен бири екени атап өтилди.

    Бул ретки сапар шеңберинде Өзбекстан делегациясы еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде тек ғана Орайлық сайлаў комиссиясы емес, ал Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы, Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) ўәкиллеринен ибарат қурамда ҒМДА Атқарыў комитети, ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы, Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми ҳәм Миллий Мәжилис палаталарының мирәт етиўине бола бақлаўшы миссиясында қәтнасып келмекте.

    Беларус ОСК баслығы И.Карпенко Өзбекстан делегациясының президентлик сайлаўларды халықаралық бақлаўда қатнасып атырғанын қутлықлап, мәмлекет сиясий турмысындағы әҳмийетли ўақыяға болған бундай итибар ушын миннетдаршылық билдирди.

    И.Карпенко сайлаўға таярлық көриў процесслери ҳаққында мағлыўмат берди. Беларус Президенти сайлаўын бақлаў ушын 474 халықаралық бақлаўшы аккредитациядан өткерилген болып, олардың арасында ҒМДА миссиясының ўәкиллери жәми 280 болып, соннан Атқарыў комитети (216 адам) ҳәм ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы (64 адам), ҒМДА мәмлекетлериниң парламент ўәкиллери (10 адам), ШБШ (17 адам), КҚШШШ (16 адам), Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары конференциясы және Қосылмаў ҳәрекети жаслар шөлкеми (2 ден), сондай-ақ, 35 сырт ел сайлаў уйымының ўәкиллери ҳәм 112 ғәрезсиз эксперт ўәкиллери бар.

    Сондай-ақ, И.Карпенко сайлаў участкаларының үскенелениўи ҳәм даўыс бериўге таярлығын тексериў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берип, майыплар ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша көрилген илажларға тоқтап өтти. Пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илажларға айрықша итибар қаратылғанын, усы мақсетлерде сайлаў участкаларында видеобақлаў камералары ҳәм арнаўлы ескертиў түймелери орнатылғанын мәлим етти.

    И.Карпенко, сондай-ақ, Беларус Республикасы Президенти сайлаўын бақлаў бойынша Жәмийетлик бақлаў орайының жумысы басланғаны ҳаққында мағлыўмат берди. Бул Орай сайлаў процесин бақлаў ушын мәмлекеттиң ири жәмийетлик бирлеспелери ҳәм сиясий партияларының ўәкиллерин бирлестирген. Мәмлекеттеги сайлаў процесин жәми 44 361 жергиликли бақлаўшы бақлап бармақта.

    21-январьдан 25-январьға шекем мәмлекет бойлап өткерилип атырған мүддетинен алдын даўыс бериў процесине тоқтап өтип, ол мүддетинен алдын даўыс бериў пуқаралардың сайлаў процесиндеги белсендилигин көрсететуғынын айрықша атап өтти. Еки күн даўамында мүддетинен алдын даўыс бериўде сайлаўшылар дизимине киргизилген пуқаралардың усы ўақытқа шекем 17,67 проценти қатнасқан.

    Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

    Ушырасыўда Өзбекстан ОСК ағзалары А.Фарманов ҳәм Г.Рахимовалар да қатнасты.

    Орайлық сайлаў комиссиясы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech