Бул мәселе Миграция агентлиги директоры Муҳсинхожа Абдураҳмоновтың Беларусь Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Александр Огородников пенен ушырасыўында додаланды.

Мәлим етилиўинше, Әндижан ўәлаятынан усынылған талабанлардың ҳүжжетлери үйренилип, бүгинги күнге шекем 204 талабанның дизими қәлиплестирилген. Таңлаўға Өзбекстанның барлық аймақларынан талабанлар тартылады.

Беларусьда вакансиялар тийкарынан шарўашылық, тракторшылық, айдаўшылық ҳәм жәрдемши жумыслар тараўларында усыныс етиледи.

Биринши басқышта талабанлардың ҳүжжетлери ҳәм кәсиплик шеберлиги тексериледи. Жуўмақлаўшы таңлаў Беларусь жумыс бериўшилери менен онлайн сәўбетлесиў тийкарында өткериледи.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында пуқаралардың жол ҳақысын жумыс бериўшилер тәрепинен алдыннан төлеп бериў имканиятын үйрениў усынысы билдирилди.