"Дунё" МАның хабар бериўинше, сөйлесиў ўақтында тәреплер өз-ара саўда-экономикалық қатнасықлардың жағдайы ҳаққында мағлыўмат алысып, сондай-ақ, Беларусь Президенти Александр Лукашенконың 2024-жыл февраль айында Өзбекстанға еткен рәсмий сапарының жуўмақлары бойынша қабыл етилген "Жол картасы"нда белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыў барысын көрип шықты.
Министр Артур Карпович ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң монополияға қарсы сиясат бойынша мәмлекетлераралық кеңеси шеңберинде өзбекстанлы кәсиплеслер менен конструктивлик бирге ислесиўди жоқары баҳалады.
Ол Монополияға қарсы гүресиў, тәртипке салыў ҳәм саўда министрлигиниң структуралық бөлими - Беларусь универсал товар биржасының жумысына айрықша тоқтап өтип, биржа өзбек бирге ислесиўшилери менен соңғы еки жыл даўамында өз-ара байланыслар алып бармақта.
Тәреплер 2024-жыл февраль айында жоқары дәрежедеги сапар етиў жуўмақлары бойынша қол қойылған Өзбекстан Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети ҳәм Беларусь Монополияға қарсы гүресиў, тәртипке салыў ҳәм саўда министрлиги арасында бәсекини раўажландырыў, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим қағыйдаларын әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, оннан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Бул келисим қағыйдаларын әмелге асырыў механизми, анық мүддетлери ҳәм жуўапкер шахсларды тәртипке салыўшы биргеликтеги ҳәрекетлер режесиниң жойбарын ислеп шығыўға келисип алынды.